Karakalpak / Qaraqalpaq tili / Қарақалпақ тили (Өзбекстан) / قاراغالفاق ٴتىلى (Uzbekistan) Engagement Questions “Ийса Масийх”

More editions from languages from Uzbekistan, asia

Read Comic Book

1. Ийса келеди! (p.1-1) (Мт.3:1-17) / Кейинги видео үзинди: Ийсаның шомылдырылыўы

• Не ушын адамлар дәрья жағасына жыйналды?

• Яқыя Қудайдың Патшалығының келиўине таярланыў ушын адамларға не ислеўди буйырды?

2. Көринбейтуғын саўаш (p.2-2) (Мт.4:1-12) / Кейинги видео үзинди: Ийса шөлде

• Ийса суўға шомылдырылғаннан соң, Мухаддес Руўх Оны қай жерге алып барды?

• Ийса шөлде болғанда не қылды?

• Шайтан Ийсаны қандай жоллар менен сынады?

• Ийса Шайтанның сынаўларына қалай жуўап берди?

3. Галиланың Кана қаласындағы той (p.3-3) (Юх.2:1-11) / Кейинги видео үзинди: Галиланың Кана қаласындағы той

• Ийса не ушын Канаға барды?

• Ийса Канада қандай кәрамат көрсетти?

4. Мениң изиме ериңлер! (p.4-4) (Мт.4:12-22) / Кейинги видео үзинди: Ийса Капарнаҳумда

• Ийса Петрден не ислеўди сораған еди? Петр бойсынғаннан соң не жүз берди?

• «Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар қыламан, – деди». Сизлер адамларды Масийхқа қалай алып келе аласыз?

5. Бахытлылық туўралы буйрықлар (p.5-5) (Мт.5:1-16)

• Қудайдың Патшалығы ушын қуўғынға ушыраған ҳәм жек көрилгенлер қандай жарылқаўлар алады?

• Душпанларымызға қандай мүнәсибетте болыўымыз керек?

6. Шыпа алды!  (p.6-6) (Лк. 5:17-25, 6:6-11) / Кейинги видео үзинди: Шыпа 

• Наўқас адамның досларының бул исинен қандай сабақ алыўға болады?

• Ийсаның наўқас адам ушын ислеген 2 әҳмийетли исин атап өтиң?

7. Ийса менен қайықта (p.7-7) (Мт.8:23-27) / Кейинги видео үзинди: Ийсаның қүдирети

• Шәкиртлер қайықта қандай машқалаға ушырады?

• Ийса бул машқаланы қалай шешти ҳәм бул сизге Ийсаның күш-қүдирети туўралы не айтады?

8. Шайтанның бийлигинен азатлық (p.8-8) (Мк. 5:1-20)

• Дәрьяның арғы тәрепине өткенде олар кимди көрди? Ол ушын Ийса не қылды?

• Ийса бул адамға не ислеўди буйырды?

9. Тапсырма (p.9-9) (Мт.9:35-10:4) / Кейинги видео үзинди: Он еки шәкирт

• Ийса дуўа етиў ушын қай жерге барды? Буннан өзиңизге қандай пайдалы сабақ ала аласыз?

10. Ийсаның халықты тойдырыўы (p.10-10) (Юх.6:1-15) / Кейинги видео үзинди: Бес нан ҳәм еки балық

• Ийса адамларға болған мийрим-шәпәәтин көрсетиў ушын не иследи?

11. Исен ямаса кет (p.11-11) (Мт.14:22-33; Юх.6:22-40, 60-69) / Кейинги видео үзинди: "Ийса ким?"

• Не себебтен Петр суўға бата баслады?

• Ийса шәкиртлеринен: «Сизлер де кеткиңиз келе ме?» – деп сорағанда, олар не деп жуўап берди? Бул сизге нени үйретеди?

12. Өз атанақ ағашыңды арқала! (p.12) (Мт.16:13-28)

• Ийса шәкиртлеринен: «Сизлер Мени ким деп билесиз?» – деп сорағанда, олар не деп жуўап берди?

• Ийсаның айтыўы бойынша, Оның изине ериўди қәлегенлер не қылыўы керек?

13. Шүкирлик ет! (p.13-13) (Лк.17:11-19) / Кейинги видео үзинди: Тери кеселлерге шыпа бериў ҳәм Зақай

• Кимлер Ийсаға жалбарынып, шыпа сораған?

• Қудай дуўаларымызға жуўап бергенде, бизден нени күтеди?

14. Балалардай болың (p.14) (Лк.19:1-10; Мт.19:13-15)

• Яҳудий ақсақаллары өз хызметкерин Ийсаның изинен ериўге не ушын мәжбүрледи?

15. Ийса өмир береди (p.15-15) (Юх.11:17-44) / Кейинги видео үзинди: Лазардың тирилиўи

• Ийса «Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен» дегенде нени нәзерде тутқан?

16. Ол өлиўи керек! (p.16-16) (Юх.11:45-54) / Кейинги видео үзинди: Басшылардың тил бириктириўи

• Ийса кимди қайта тирилтти?

• Яҳудий ақсақаллары не ушын Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине ғәзепленген еди?

17. Ийсаны ҳүрметлеў (p.17-17) (Юх.12:1-11)

• Мәриям хош ийисли әтир майды Ийсаның аяғына қуйғанда, Ийса бул туўралы не деди? 

18. Кишипейил Патша (p.18-18) (Лк.19:29-44) / Кейинги видео үзинди: Ерусалимге кириў

• Ийса не ушын Ерусалимге гүрре менен кирип барды? 

• Гүналарымызды қандай қурбанлық Қозы жуўа алады? 

19. Ибадатхананың тазаланыўы (p.19-19) (Лк.19:45-48)

• Ийса Ибадатханаға кирип барғанда, Ол не ушын адамларға ғәзепленди? 

20. Сатқынлық (p.20-20) (Мт.26:14-19) / Кейинги видео үзинди: Соңғы кеше

• Пулларды жыйнап жүрген ҳәм Ийсаға сатқынлық қылған ким еди?

21. Аяқ жуўыў (p.21-21) (Юх.13:1-35)

• Қутқарылыў байрамының мәниси неден ибарат?

• Ийса: ким де ким өзин пәс тутса, ол мәртебели қылынады, деп айтқанда, Ол нени нәзерде тутқан еди?

22. Ийемиздиң соңғы кешеси (p.22) (Мт.26:26-30; Юх.13:34-38)

• Ийса: «Бул – Мениң денем» ҳәм «Бул – Мениң қаным», деп айтқанда, Ол нени нәзерде тутқан еди?

• Ийсаның сөзи бойынша, шәкиртлери Оның ҳақыйқый шәкирти екенин көрсетиў ушын, не қылыўы керек еди? 

23. Қамаққа алыныўы (p.23-23) (Юх.14:1-31; Мт.26:36-56) / Кейинги видео үзинди: Гетсемани бағы ҳәм ҳүким

• Ийсаның сөзи бойынша, Әкеси оларға не береди?

• Ийса: «Мен – жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен», деп айтқанда, Ол нени нәзерде тутқан еди?

24. Ҳүким (p.24-24) (Мт.26:57-75)

• Ким Ийсаны танымайман, деп Оннан бас тартты? 

• Масийхый Ийсадан қалай бас тартыўы мүмкин? 

25. Өлим жазасы (p.25-25) (Мт.27:11-30; Юх.18:28-40)

• Ийса не ушын қолға алынды? 

26. Атанақ ағашқа (p.26) (Юх.19:1-18) / Кейинги видео үзинди: Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи 

• Ийса Өзин ағашқа шегелегенлер ушын Әкесинен нени сорады? 

• Бизлер буннан не үйрене аламыз? 

27. Нәлетленген (p.27) (Мт.27:3-10; Лк.23:32-34)

• Пул ушын Ийсаға сатқынлық қылған ким еди? 

28. Ийсаның өлими (p.28-28) (Лк.23:32-46; Мт.27:46-50; Юх.19:25-30)

• Ийса қарақшылардың қайсысына жәннетте болатуғынын ўәде етти ҳәм не ушын?

29. Ийсаның қурбанлығы (p.29) (Юх.19:31-42)

• Ийса жаны шықпастан алдын, Оның ақырғы сөзлери неден ибарат еди?

30. Ийса тири! (p.30-30) (Мк. 16:1-9; Юх.20:1-18) / Кейинги видео үзинди: Ийса Масийхтың қайта тирилиўи

• Үшинши күни ҳаяллар қәбирге келгенде, периште оларға не деди?

31. Ийса биз бенен бирге (p.31) (Лк.24:13-43; Юх.20:19-29) / Кейинги видео үзинди: Аспанға алыныў ҳәм шәкиртлерге көриниў

• Ийса Мәриямға көрингенде, оған не деди?

32. Буннан былай «Мен биринши!» деген жоқ (p.32-32) (Юх.21:1-19; Мт.28:16-20)

• Ийса Петрге ҳәм басқа шәкиртлерине не қылыўды буйырды? 

33. Гүўа (p.33) (Ел. 2:22-39) / Кейинги видео үзинди: Ийсаның изинен жүр

• Шәкиртлер бирге жыйналып, дуўа еткенде, олар Қудайдан не алды?

34. Қудай жақын (p.34) (Еф. 1:1-15)

• Қудай дүньяны сүйетуғынын қандай ўақыя дәлиллейди?

QS-Karakalpak (Uzbekistan).pdf

Update:13-Nov-2026

Your encouragement is valuable to us

Your stories help make websites like this possible.